КӘСИПКЕ САДЫҚЛЫҚ.    Сондай қәлблер бар, азарланса да, сөйлемейди…

КӘСИПКЕ САДЫҚЛЫҚ. Сондай қәлблер бар, азарланса да, сөйлемейди…

Жолда бир машина аўдарылып кетти. Машинада еки өспирим бар еди. Олардан биреўиниң жаны сол жерде үзилди, екиншиси аўыр аўҳалда. Тез жәрдем машинасы оларды емлеўханаға әкетти.  Доктор емлеўханаға кирип келди. Операциядан алдын дуўа қылды. Соң операция ханасына баратырғанда, баланың әкеси докторға қарап бар даўысы менен:

– Неге кешигесең? Балам өлейин деп жатыр, инсабың бар ма өзи?, деп бақыра баслады.

Доктор ашыўланып бир қарады да:

– Илтимас, тынышланың. Оннан көре операция жақсы өтиўин сорап дуўа етип турың. Алла қәлесе жақсы болады.

Баланың әкеси:

– Сени уялтырыў нийетим жоқ. Бирақ өзиңниң балаң болғанда да, сөйтип айтатуғын ба едиң? Усындай кешигер ме едиң? Басқаларға нәсият айтыў аңсат.

Доктор индемей операцияға кирип кетти. Арадан еки саат өтип, доктор операциядан шықты ҳәм баланың әкесине:

– Операция жақсы өтти. Аллаға шүкир. Балаңыздың аўҳалы жақсы. Мениң зәрүр жумысым бар, деди да асығып шығып кетти.

Баланың әкеси және ашыўланып:

– Оншама не өзинен кетпесе? Адам менен сөйлескиси де келмейди, деди.

Операцияда қатнасқан жәрдемши врач:

– Балаңыз бенен машинада бирге болған, сол жерде қайтыс болған бала, усы доктордың баласы екен. Баласы өлген болса да, сизиң балаңыздың аўҳалын еситип, яқ, деместен жетип келди. Ҳәзир баласын жайғастырыў ушын асығып баратырған шығар.

Сондай қәлблер бар, азарланса да, сөйлемейди…

 

?  https://t.me/kewilaynasi

Перейти к содержимому