Жас урылар.

Жас урылар.

Бугунги кунде мамлекетимизде жасларға деген итибар жуда жоқары дарежеде. Атап айтқанда, жоқары оқыў орынларына кириўдеги имканиятлар, қалаберсе, айрым жоқары оқыўларда оқып билим алып атырған жасларымыздын толемли шартнама пулларынын мамлекет есабынан толеп берилиўи, содай-ақ исбилерменликке қызығыўшы жасларға бир қанша женилликлердин жаратылыўы, булардын барлығы келешегимиз болған жаслардын жетик маман қанийгелер болып жетисиўи, илимли-билимли инсанлар болып келешекте омир сынақларынан суринбей алға илгерлеўлери ушын имканиятлар есиги есапланады.

Мамлекетимизде жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланып улкен жетискенликлерге ерисип атырған жасларымыздын барлығы қуўанарлы.

Бирақ, деген менен арамызда билип-билмей жынаят жолына кирип қалған жасларда ушырасады. Атап атқанда, жынаят ислери бойынша Елликқала район суды тарепинен 2022 жыл 3 октябрь куни корип шығылған жынаят иси ўақыясы бунын айқын далили болады. 2004 жыл 10 декабрь куни туўылған ер жетпеген А.Т 2022 жыл 17 июнь кунинен 18 июнь кунине отер кешеси қадағалаўшы ата-анасынын жоқлығы, сондай-ақ оқыў ямаса жумыс пенен бант болмағанлықтан Елликқала районында жайласқан Е.Т ға тийисли болған азық аўқат дуканына жасырын турде кирип жами 2.млн.246.мын сўмлық азық-аўқат онимлерин урлық жолы менен алып шығып ўақыя жайынан жасырынған.

Бул жынаят излери ҳуқық қорғаў уйымлары тарепинен анықланып онын қарсысына жынаят кодексинин тийисли статьясы менен жынаятлы иси қозғатылып тергеў ҳарекетлери алып барылып атырған бир ўақытта ер жетпеген А.Т қайта жынаят ислеў жолына отип озинин танысы ер жетпеген Б.А менен жынайый тил бириктирип Елликқала районы Ақшакол АПЖ аймағында жасаўшы пуқара М.А нын мал қорасы атрапына байлап қойған баҳасы 8.млн. сўмлық бир бас қара малын ҳеш кимге билдирместен тунги ўақытта урлап алып келип, ертеси куни қарыйдар таўып сатыўды режелестирип қойған жеринде ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тарепинен қолға алынған. Ис пенен танысар екенсиз бул жаслардын биринши мартебе бул урлық ямаса басқада унамсыз ҳарекетлерди ислеп атырғанлығына исенгин келмейди.

Себеби, еле он сегиз жасқа толмаған жас оспирим А.Т нын тергеў ҳарекетлерине барып ислеген ис ҳарекетлеринин жамиетлик қаўипли ҳарекет яғный жынаят екенлигин анлаған ҳалда бундай ис ҳарекетлерге қайта қол урыўы ҳар қандай адамды ойландырыўы созсиз.

Албетте, суд тарепинен бул жасларға нызамлы жазалары берилди, деген менен жамиетимизде жасларды жазалаў менен емес, оларды пайдалы мийнет пенен шуғулланыўы ушын шараят жаратыў, сондай-ақ оларды озлери қызыққан тараўлары бойынша оқыўға ямаса жумысқа тартыў арқалы тарбияласақ жынаятшылықтын ерте алдын алыўға хызмет қылыўы созсиз.

 

Жынаят ислери бойынша

Елликқала район суды баслығы О.Ж.Мауленов

Перейти к содержимому