Жынаят – бул созди еситкенимизде коз алдымызға албетте жамийетте журис турыс қағыйдаларына бойсынбайтугын ямаса амелдеги нызам талапларына қайшы ҳарекетлерди амелге асырыўшы, сондай-ақ усындай ҳарекетлерге бағдарлаўшы шахслар коз алдымызда саўлеленеди.
Биз билемиз ҳеш бир наресте анасынан жаман инсан яки жынаятшы болып туўылмайды, онын омир жолынан адасыўына атраптағы қоршаған орталық ямаса бирге журген жора жолдаслары себепши болыўы мумкин.
Ҳаммемизге белгили усы жылдын 12 ноябрь куни Сенат баслығы Т.Нарбаева ҳамде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенеси баслығы М.Камалов тарепинен Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын жанеде беккемлеў адил судлаўды тамийнлеў ҳам коррупциядан таза аймаққа айландырыў бойынша жол картасы тастыйқланган еди.
Бул жол картасы бойынша суд ҳам басқада ҳуқық қорғаў уйымларына жынаятшылықтын алдын алыўда амелге асырылыўы лазым болған ўазыйпалар белгилеп берилген.
Усы тийкарында жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды тарепинен 2020 жыл 22 декабрь куни жынаятшылық ҳам ҳуқықбузарлықтын ерте алдын алыў мақсетинде алдын судланган шахслар, олардын шанарақ ағзалары, бирлеспеген жаслар ҳамде жумыссыз шахслар қатнасында ушырасыў болып отти.
Ушырасыўда қатнасыўшыларға суд баслығы тарепинен жынаятлардын келип шығыў себеплери ҳам оған имкан берген шарт-шараятлар сондай-ақ жынаятшылықтын алдын алыўда келешекте ислениўи лазым болған ўазыйпалар ҳаққында кеннен тусиниклер берилди.
Бул алып барылып атырған ҳуқықый тусиниклер жамийетимизде тынышлықты сақлаў, оз қаўипсизлигимизди тамийинлеўден ибарат.
Солай екен, жынаят яки нызам бузыўшылықтын алдын алыўды ҳар бир пуқара оз шанарағынан басласа мақсетке муўапық болады, себеби ҳамме нарсе шанарақтан басланады. Ата-бабалардан қалған бир гапти усы жерде еслесек “Қус уяда не корсе ушқанда соны қылады” деген, мине сол айтқандай ҳар бир шанарақ басшысы перзентлери тарбиясын оз ўақтында қадағалап барса, ўатанды суйиўге насиятласа, албетте жас аўлад келешегимиз болары созсиз.
Жынаят ислери бойынша
Елликқала район суды баслығы О.Ж.Мауленов